29.03.2024, Жума

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров бүгин жеке қабыллаў өткерди

Елимизде халықтың жасаў шараятын жақсылаў,  пуқараларға қолайлы имканиятлар жаратыў,  олардың турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў менен бирге машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оны нәтийжели сапластырыў баслы мәселеге айланған.


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде пуқараларды қабыллаў бойынша белгиленген тәртипте ҳәпте даўамында Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарларының қабыллаў кестеси ислеп шығылған.

Усы тийкарда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров пуқараларды қабыллады.

Онда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар жуўапкерлер қатнасында көрип шығылды ҳәм тийисли тәртипте шешим қабыл етилди.