29.03.2024, Жума

"Үстирт" АПЖ ишимлик суўы менен тәмийинленбекте


Мәмлекетимизде "Инсан қәдири ушын" деген идеяда әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаўға, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Кейинги жыллары Республикамыз халқын таза ҳәм сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында  әмелге асырылып атырған жумыслар жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул бағдарда Қоңырат районында да сезилерли жумыслар әмелге асырылып атыр.

Райондағы "Үстирт" аўыл пуқаралар жыйыны турғынларының көптен берли қыйнап киятырған машқалаларының бири ишимлик суўы машқаласы еди. Бүгинги күнге келип бул машқала да сапластырылмақта. Аймаққа  жаңадан 23 км суў қубырларын тартыў режелестирилип, жумысларды толық орынлаў ушын 4,864 млн сум қаржы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта суў қубырларын жаңадан тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте.

 

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети