29.03.2024, Жума

Волгоградта жумыс ислеп атырған жерлеслеримиз бенен ушырасыў болып өтти

Россия Федерациясында ўақтынша жумыс ислеп атырған жерлеслеримиздиң машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыўға жәрдемлесиў менен бирге олардан хабар алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы делегациясы ағзалары Волгоградқа сапар етти.

Сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықары министрлиги, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги филиалы ҳәм мәмлекетимиздиң Ростов-Дон қаласындағы Бас косулханасы жуўапкерлеринен ибарат делегация ағзалары Волгоград губернаторының орынбасары менен ушырасты. Онда Россия  Өзбекстан менен мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў тәрептары екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге делегация ағзалары нәл жетистириўге қәнигелестирилген «Росток» кәрханасында ислеп атырған мийнет мигрантлары менен ушырасты.


Ушрасыўда сырт елде мийнет етип атырған жерлеслеримизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға имканият ҳәм жеңилликлер жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары Волгоградтағы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген кәрхана болып, мийнет мигрантларының жасаў ҳәм жумыс шараятларын үйренди.