29.03.2024, Жума

“РЕН ТВ” телеканалының дөретиўшилик топары Шымбай районында

Усы жылдың 12-13 май күнлери Россия Федерациясы “РЕН ТВ” телеканалының “Невероятно интересные истории” көрсетиўиниң дөретиўшилик топары Қарақалпақстанда болды.Сапар даўамында шет елли ҒХҚ ўәкиллери елимиздиң туристлик потенциалы, тарийхы, мәденияты ҳәм миллий үрп-әдетлери менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, Шымбай районындағы өнерментлер ҳәм миллий қара үйди таярлаў процесси, миллий тағамлар ҳәм саз әсбапларында халық қосықларының атқарыўлары суўретке алынды.

 

Шымбай районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети