29.03.2024, Жума

Кем тәмийинленген 13 хожалық үй-жайлар менен тәмийинленди


Қанлыкөл районында «Ҳаяллар-дәптери»не киргизилген 7 ҳаял-қыз ҳәм кем тәмийинленген, үй-жайға мүтәж 6 шаңараққа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы З.Мамбетниязова,  Мәҳәлле ҳәм нураныйларды  қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Е.Даўлетов,  тийисли тараў ўәкиллери ҳәм мәҳәлле нураныйлары қатнасты.

 


Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети