29.03.2024, Жума

Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы тайынлады


Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде мәжлис болып өтти. Мәжлисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов алып барды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы  лаўазымына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен Ахмедова Марям Халилаевна тайынланды.



Ахмедова Марям Халилаевна усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети