29.03.2024, Жума

Шымбай районындағы жоллар жаңаланбақта

Шымбай районында бүгинги күнде «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде ишки хожалық жолларында қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары  алып  барылмақта.


Атап айтқанда,  Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Жипек жолы МПЖ аймағындағы Әмир Темур көшесинде мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде күнделикли оңлаў жумыслары есабынан жаңадан асфалт төселди. Айтып өтиў орынлы,  МПЖ аймағынан жәми 5 көше бағдарламаға киргизилген болса,  соннан 2 көшеге асфалтланды ҳәм 3 көшеге ШПС төселиўи режелестирилген. Буннан тысқары райондағы Оржап МПЖ аймағындағы 12 көше,  Қызылөзек АПЖ аймағынан 16 көше,  ҳәм басқа да бир қатар аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ишки хожалық жолларында оңлаў жумысларын алып барылмақта.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети