28.03.2024, Пийшемби

Министрлер Кеңеси Баслығы Әмиўдәрья районындағы 56-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты

Бүгин жаңа оқыў жылы басланды. Оқыўшылар кеўлинде шексиз қуўаныш пенен мектеп босағасына асықпақта. Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев Әмиўдәрья районындағы 56-санлы мектепте болып оқыўшылар менен ушырасты.

2020/2021- оқыў жылында  56-санлы мектептиң 11-класын жәми 77 оқыўшы питкерип шыққан болып, соннан 55 питкериўши яғный 71,2 проценти жоқары оқыў орынларына қабыл етилди. Мектептиң технология пәни бағдарындағы вариатив класының 25 питкериўшисиниң барлығы студент болыў бахтына еристи.


«Бүгин Сизлер ушын қуўанышлы күн. Жаңа оқыў жылының басланыў менен қәдирдан мектебиңиз, ҳүрметли устазларыңыз қушағына қайтпақтасыз. Бундай қуўанышлы күнде сизлер менен бирге болып ҳүрметли Президентимиздиң саўғаларын тапсырып атырғанымнан жүдә қуўанышлыман. Бүгинги қуўанышлы байрам менен сизлерди шын жүрегимнен қутлықлап, кәмил инсан, елимиздиң ардақлы  перзенти болып жетисиўиңизди тилеймен. Соның менен бирге питкериўшлериниң жоқары оқыў орынларына қабыл етилиўинде мийнет еткен устазларға өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен» деди Қахраман Сариев.


Иләж даўамында Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев 56-мектеп директоры Арзыгүл Худайбергенова, Технология пәни оқытыўшылары Азимбой Сапарбаев ҳәм Хушнуд Чаршамовларға Қарақалпақстан Республикасы «Халқ билимлендириў ағласы» сондай-ақ, қымбат баҳалы саўғалар тапсырды.


Жаңа оқыў жылы ушын мәмлекетимиз Президенти тәрепинен 1-классқа қәдем қойып атырған оқыўшыларға жиберилген саўғалар тапсырылды. Оқыўшылар менен бирге дәслепки сабақлықлар басланды.