28.03.2024, Пийшемби

II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы Нөкис қаласында болып өтеди


«II Халықаралық бақсышылық көркем өнерине таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары  (ПҚ-5070, 10.04.2021 й.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2021-жылда II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы Нөкис қаласында өткериледи.

Фестивалды Қарақалпақстан Республикасында жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткериў бойынша зәрүрли ис-илажлар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, фкстивалды усы жылы өткериў мүддети санитария-эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда белгиленеди.