29.03.2024, Жума

150 жастың контракт-төлемлерин ҳәкимликлер төлеп бермекте

Президентимиз 2020-жыл 25-декабрь күни мәмлекетимиз жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген «Өзбекстан жаслары форумы»нда ҳәр бир район ҳәм қаладан 5 жас мәденият ҳәм көркем өнер тараўы бағдарындағы жоқары оқыў орынларында жергиликли бюджет есабынан оқытылыўы зәрүр екенлигин атап өткен еди.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс ислеп атырған Қарақалпақстан Республикасынан 85 жас, Хорезм ўәлаятынан 65 жас Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына қабыл етилди.

Жақында усы қабыл етилген студент-жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Оған студент-жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдыев, Филиал директоры А.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жаслар ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып студент болыў бахтына ерискенлерди қутлықлап, усы дәргайда оқып, билим алып мәденият ҳәм көркем өнер тараўының маман қәнигелери болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.


Жәми қабыл етилеген 150 студент 2020-2021 оқыў жылынан баслап, тоғыз тәлим бағдары бойынша оқытылады. Олардың шәртнамадағы контракт-төлемлери бес жыл даўамында жергиликли ҳәкимлик тәрепинен төлеп барылады.

Әлбетте, бул имканиятлар елимизде жасларға қаратылған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.


Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы