28.03.2024, Пийшемби

Шымбай районы ҳәкими орынбасары тайынланды

Шымбай районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Сулайманов Азамат Мамбеткаримович тайынланды. Азамат Сулайманов усы күнге шекем Шымбай районы ҳәкиминиң руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымында ислеп киятырған еди.


Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети