28.03.2024, Пийшемби

Халықты дизимге алыў бойынша ушырасыў болып өтти

2021-жылдыӊ 4-март күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 11-ноябрде  "Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў режелери ҳаққында"ғы 710-санлы қарарда белгиленген ўазыйпаларды орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде ушырасыў өткерилди.


Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри орынбасары Б.Ильясов, Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы баслығы орынбасары К.Омаров ҳәм дизимге алыўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлими қәнийгеси қатнасып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 710-санлы қарарыныӊ мазмуны-мәниси ҳаққында айтып өтилди.


Соның менен бирге  2023-жылда халықты сынаў тийкарында дизимге алыўда қатнасатуғын шахсларға ҳақ төлеў муғдары,  Өзбекстан  Республикасында  2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм өткериў ҳәмде нәтийжелерин дағаза кылыў бойынша “Жол карта” тастыйықланғанлығы ҳаққында түсиндирип өтилди.