29.03.2024, Жума

Меморандумға қол қойылды

2020-жылдыӊ 20-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судында Қарақалпақстан Республикасы судлары менен Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги арасында өза-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға қол қойылды. 


Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, Жынаят ислери бойынша судыныӊ баслығы Г.Базарбаева, Пуқаралық ислери бойынша судыныӊ баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судыныӊ баслығы А.Адилов, Экономикалық судыныӊ баслығы Г.Зарипова ҳәм судьялар қатнасты.

Меморандумныӊ тийкарғы мақсети өз-ара байланысларды еле де күшейтиў, бирге ислесиўди және де жетилистириў ҳәм оны турақлы, системалы түрде жолға қойыў болып есапланады.



Атап өтилгениндей, пуқаралардыӊ ҳуқуқлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бойынша ашық-айдынлықты тәмийинлеў, оларды нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, сондай-ақ, жынаят ислеген шахсты жазалаў емес, бәлким жынаяттыӊ келип шығыў себеплерин, факторларын тереӊ үйрениў ҳәм кеӊ жәмийетшиликтиң қатнасыўында толық үйренип шығыў болып есапланады.

Бул хүжжет мәмлекетимизде исанның өмири, еркинлиги ҳəм қәдир-қымбатының ең жоқары қәдирият сыпатында тән алыныўының әмелий көриниси болыўы менен бирге, суд органлары искерлигиниң ашықлығын тәмийинлеўге ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиӊ раўажланыўына хызмет етеди.

 


Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети