28.03.2024, Пийшемби

Шотокан карате-до бойынша өткерилген Өзбекстан кубогы жарысларында Қарақалпақстан Республикасы командалық есапта 2-орынды ийеледи

Усы жылдың 17-19-ноябрь күнлери Ташкент ўәлаяты Қыбрай районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде шотокан карате-до бойынша барлық жас категориялары арасында Өзбекстан кубогы өткерилди.

 Өзбекстан кубогы жарысларында Өзбекстанның барлық аймақларынан 500 ге шамалас спортшылар ката, кумите, командалық ката ҳәм командалық кумите бойынша жеңимпазлық ушын жарысқа түсти.

Жарыс жуўмақларына муўапық, улыўма командалық есапта 1-орынды Ташкент қаласы командасы ийелеп, Өзбекстан кубогын қолға киргизген болса, 2-орын Қарақалпақстан Республикасы командасына несип етти. Наманган ўәлаяты командасы күшли үшликти жуўмақлады.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги