28.03.2024, Пийшемби

Дыққат Дағаза!

Бозатаў районы ҳəкимлиги  бос турған жумыс орынлары ушын ашық таңлаў жəриялайды!

Ɵзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мəмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан филиалы Бозатаў районы ҳəкимлиги менен биргеликте “Бас юристконсульт” лаўазымы ушын ашық таңлаў жəриялайды.

Талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:

·      Жоқары мағлыўматлы

·      Ɵзбекстан Республикасының пуқарасы

·      Мəмлекетлик тилди жетик билиўи

Жумыс шараятлары:

·      Жумыс ўақты: дүшемби, сийшемди, сəршемби, пийшемби, жума.

·      Дем олыс кунлари: шемби, екшемби

·      Жумыс сааты: 09:00 ден 18:00 ге шекем

Таңлаўда қатнасыў нийетинде болған талабанлар Мəмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң “Мəмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымлары бирден-бир ашық порталы” (https://vacancy.argos.uz/)дан дизимнен өтиўи, Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районы ҳəкимлигинде бар болған бос жумыс орнын таңлап, соралған ҳүжжетлерди электрон түрде усыныўы зəрүр.

 

Арза ҳəм керекли ҳүжжетлер 2020-жылдың 20-октябрь сəнесинен – 3-ноябрға шекем қабыл етиледи.

Таңлаў төмендеги басқышларда өткериледи:

1-басқыш – ҳүжжетлерди қабыллаў;

2-басқыш – талабанлардың вакант лаўазымларына қойылатуғын ис стажы талапларына муўапықлығын үйрениў;

3-басқыш - test.argos.uz  системасында тест тапсырып, жоқары балл алған талабанлар менен сəўбет өткериў;

4-басқыш – талабанды жумысқа қабыл етиў бойынша усыныс бериў.

Арза ҳəм ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети өткеннен кейин жиберилген арза ҳəм ҳүжжетлер қабыл етилмейди.

Мағлыўмат ушын телефон: (861) 415 36 14


Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети