29.03.2024, Жума

Шымбай районлық кеңестиң он биринши сессиясы болып өтти


 Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң он биринши   сессиясы болып өтти. Онда  Өзбекстан Республикасы Бәнтлик хәм мийнет қатнасықлары министри Н.Хусанов, АКБ Микрокредит банк басқарыўы баслығы биринши орынбасары Т.Атамуратов  район сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийислиги бойынша мәкеме басшылары ҳәм депутатлар қатнасты.

 




Сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2020-жыл 24-сентябрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде аймақларды социаллық экономикалық раӯажландырыӯ дәрежесин баҳалаӯдың рейтинг көрсеткишлери нәтийжесине бола Шымбай районы сектор басшыларының алып барып атырған жумыслары бойынша халыққа  мүрәжаты ҳәмде анықланған кемшиликлерди сапластырыӯға қаратылған ӯазыйпалар қаралды.

 

Сессияда  күн тәртибиндеги мәселе бойынша  Өзбекстан Республикасы Бәнтлик хәм мийнет қатнасықлары министри Н.Хусанов ҳәмде районлық кеңес депутатлары М.Зарикеев, Ф.Палӯановалар шығып сөйледи.

 

Район ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети