29.03.2024, Жума

Хожелиде кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланды

Президентимиздиң тапсырмасына муўапық Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў мәселелерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығы жуўапкер етип бириктирилип, Хожелиде МСК баслығының арнаўлы штабы дүзилгенлиги ҳаққында хабар берген едик.


Арнаўлы штаб тәрепинен районды экономикалық раўажландырыў, жаңа өндирислик кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм социаллық объектлерди қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта бул штаб тәрепинен орынларда пуқаралардың машқалалары үйренилип, оларға тез шешим табыў илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, пуқаралардың пикир-усынысларынан келип шығып, «Қумжыққын» аўыл пуқаралар жыйынының «Нурымбет» аўылындағы жарамсыз жағдайға келип қалған электр трансформаторы жаңасына алмастырылып, аўылдағы электр тәмийнаты үзилиске ушырамайтуғын болды.

 

Буннан басқа, «Күн нуры» аўыл пуқаралар жыйынындағы жаңадан қурылған турақ жайлар ушын да жаңа трансформатор ҳәм электр сым ағашлары орнатылып, барлық шаңарақлар электр тәмийнатына жалғанды.  Ал, «Қулаб» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы орта басымлы газ трубасындағы насазлықлар сапластырылып, қайта оңланыўы нәтийжесинде бул аймақтағы шаңарақларда газ жана баслады.

 

Сондай-ақ, Хожели районы орайында да кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланып кетти. Орайлық көшелер тазаланып, ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылмақта.

 

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги