29.03.2024, Жума

Қарақалпақ мəмлекетлик университетине жаңа проректор тайынланды


Педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD), Алауатдинов Сахабатдин Иниятдинович Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жылдың 15-сентябрдеги 255 к-санлы буйрығына тийкарланып Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында университет рәсмий веб-сайты хабар берди.

Мағлыўмат ушын, Алауатдинов Сахабатдин Иниятдинович усы күнге шекем Архитектура факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

дерек: karinform.uz