29.03.2024, Жума

Өзбекстан Қылышпазлық федерациясы кубогында сыйлы орынлардың дерлик барлығы қарақалпақстанлы спортшыларға несип етти


Бүгин онлайн тәризде қылышпазлық бойынша Өзбекстан Қылышпазлық федерациясы кубогының жеңимпазлары анықланды.

 Соны айрықша атап өтиў керек, еркеклер арасында болып өткен жарыста сыйлы орынлардың барлығы Қарақалпақстан Республикасының спортшыларына несип етти.

 Финалда Шерзад Мамутов 1-орынды ийеледи ҳәм онлайнт-турнирдиң алтын медалын қолға киргизди. Гүмис медаль Пазыл Генжебаевқа, бронза медальлар болса Алланияз Есжанов ҳәм Азизбек Дәўлетназаровқа несип етти.

 Қызлар арасында болып өткен финал жарысында ең жақсы нәтийжени қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова көрсетип, алтын медаль менен сыйлықланды. Гүмис медаль ташкентли Севинч Исмоиловаға несип етти. Ташкентли Шаҳноза Тоғаймуратова ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан Айсулыў Уснатдинова бронза медальлары менен сыйлықланды.

 Солай етип, Өзбекстан Қылышпазлық федерациясы тәрепинен ересеклер арасында шөлкемлестирилген онлайн қылышпазлық кубогы жуўмақланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.