29.03.2024, Жума

5700 ден аслам шаңарақтың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылды


Бәршеңизге мәлим, Ѳзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги басламасы менен «Жанажан журтым абатлығына ѳз үлесимди қосаман» сүрени тийкарында ҳәр бир шаңарақты абат ҳәм кѳркем етиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.


Бунда биринши нәўбетте жәрдемге мүтәж шаңарақлардың, жалғыз баслы ҳәм майыплығы болған пуқаралардың машқалаларын үйренип, турақ-жайларында киши оңлаў жумысларын әмелге асырыў, үй әтирапын тәртипке келтириў ҳәм шығындылардан тазалаў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған жәми 413 пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары әне усындай ийгиликли мақсет жолында бирлести. 

Атап айтқанда, «Абат шаңарақ», «Абат кѳше», «Абат мәҳәлле» ҳәрекетине старт берилген күннен, усы дәўирге шекем 2036 кѳше ҳәм ишки жоллар тәртипке келтирилди. 37 мыңға жақын декоратив терекке ислеў берилип, 400 тонна турмыслық шығынды тийисли орынға шығарып тасланды. Сондай-ақ, 483,4 км узынлықтағы жап-салмалар тазаланды.

5700 ден аслам шаңарақтың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылды.

 Ѳткенлер руўхын шад етиў халықымыздың қанына сиңген жақсы пазыйлет болып есапланады. Сонлықтан, аймақлардағы зыярат орынларында азадалық ислерин алып барыў мақсетинде пуқаралар жыйынлары белсендилериниң басламасы менен 167 қойымшылықта абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Бунан тысқары, «Саламатлық ушын бес мың адым» сүрени тийкарында ҳәр күни кешки пайытта нуранийлер ҳәм әскерий хызметкерлер менен биргеликте пияда жүриў илажлары шѳлкемлестирилмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәлимлеме хызмети