28.03.2024, Пийшемби

Ишимлик суўын арнаўлы техникаларда жеткерип бериўдиң бирден-бир тарифлери тастыйықланды

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы орайласқан ишимлик суў тармақларына ийе болмаған елатлы пунктлерге ишимлик суўын арнаўлы техникаларда жеткерип бериўдиң бирден-бир тарифлери тастыйықланды.



Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы қарары қабыл етилди.

Оған көре көтере тутыныўшыларға, яғный бюджет ҳәм басқа да мәкемелерге 1 тонна ишимлик суўын (сум/м3) жеткерип бериў тарифи  
34 мың 350 сўм, ал жеке хожалықларға 1 литр суў жеткерип бериў хызмети 32 сўмды қурайды.

Мағлыўмат ушын усы кунге шекем усы хызмет тарифлери 19 мың 669 сўм ҳәм 20 сўмды қураған.

Төменде қарар жойбары менен толық танысыўыңызға болады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi