29.03.2024, Жума

30-июнь сəнесинен баслап Нөкис қаласында қандай тəртип орнатылады?

🟥Алдын хабар етилгениндей, короновирус инпекциясының тарқалыўы себепли 2020-жылдың 30-июнь сəнесинен баслап Нөкис қаласы «Қызыл» категорияға киргизилди.

 

Хош, 30-июнь сəнесинен баслап Нөкис қаласында қандай тəртип орнатылады?

 

2020-жылдың 30-июнь сəнесинен баслап төмендеги хызмет түрлериниң жумыс алып барыўы қадаған етиледи:

 

парклер ҳəм халықтың дем алыў бағлары (аттракцион ҳəм кеўил ашар объектлердиң жумысы буған кирмейди);

 

азық-аўқат емес өнимлериниң усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы дүкəнлар, зергерлик ҳəм гүл дүкəнларының жумысы;

 

жөнелиссиз таксиде жолаўшыларды тасыў;

 

жəмийетлик транспорт ҳəрекети;

 

барлық түрдеги ғалабалық илажлар – концерт, театр, кинотеатр, музей, спорт илажлары, шаңарақлық илажлар, той, мереке ҳəм мəресимлер (жерлеў мəресимлери 10-15 адамнан көп болмаған жағдайлар буған кирмейди) ;

 

буйым базарларының жумысы;

 

шаштəрезхана ҳəм гоззаллық салонларының жумысы;

 

кеўилашар объектлер – түнги клублар, дискотека, ресторан, кафе, асхана, чайхана, спа ҳəм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳəм компьютер ойынлары орайларының жумысы;

 

салқын ишимликлер саўдасының жумысы;

 

қадақланбаған музқаймақ саўдасының жумысы;

 

билимлендириў мəкемелери (бақша, мектеп, лицей, колледж, техникум, институт, университет ҳəм басқалар), оқыў курсларының жумысы;

 

мəмлекетлик органлар менен шөлкемлерде физикалық ҳəм юридикалық шахсларды қабыл етиў;

 

жеке-меншик бəнтлик агентликлериниң жумысы;

 

ашық жасалма қапламалы спорт объектлери;

 

компьютер (сканер, нусқа көшириў, текст териў, басып шығарыў) ҳəм полиграфия хызмети;

 

автотранспорт қураллары басқарыўшыларын таярлаў 8əм қайда таярлаў менен шуғылланыўшы мəкемелер;

 

спорт секциялары, дөгереклер, спорт залары ҳəм фитнес клублар жумысы;

 

индивидуал шуғылланыўшылар ушын тренажер залары ҳəм бассейнлердиң жумысы;

 

диний шөлкеслердиң жумысы.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

 

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi