29.03.2024, Жума

Байрам мүнәсибети бир қатар журналистлер сыйлықланды

2020-жыл 26-июнь күни Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен 27 июнь – Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Республикамыздағы белсенди журналистлер менен ушырасыў шөлкемлестирилди.


Ушырасыўда ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Тәжибай Романов сөзге шығып, тараў ўәкиллерин Партия Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси атынан қутлықлап, жәмийетимизде ғалаба хабар қуралларының тутқан орны ҳаққында қысқаша тоқталып өтти.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәлимлеме тараўын реформалаў, сөз еркинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде халықтың ҳуқықый ҳәм сиясий билими асты, дүнья қарасы кеңейди, әтирапта жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге мүнәсибети өзгерди, ғәрезсиз пуқаралық позициясы қәлиплести. Бүгин шерек әсир алдынғы пуқаралар менен ҳәзирги заман адамларының турмысы ҳәм дүнья қарасы ортасында жер менен аспандай парық бар. Бул, өз-өзинен, ғалаба хабар қуралларының алдына жәмәәтшилик пикирин қәлиплестириў бойынша оғада әҳмийетли ҳәм актуал ўазыйпаларды қоймақта.


Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы сайлаўалды Платформасында ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў, оларды халық пенен пикирлесиў ушын еркин минберге айландырыўды қоллап-қуўатлаў, ғалаба хабар қуралларына тийисли нызамшылық тийкарларын беккемлеў, баспа ҳәм электрон қуралларын мәмлекет тәрепинен материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Соннан келип шыққан ҳалда, партия системасында ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў, олар арқалы жәмәәтшилик пенен байланысларды күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, өткен дәўир ишинде партияның Жәмәәтшилик пенен байланыслар ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў бағдарында ӨзМТДП дәстүрий мақсет-ўазыйпалары ҳәм искерлигин үгит-нәсиятлаў мақсетинде партия газетасы ҳәм де веб сайтында сапа өзгерислери ҳәм жаңаланыўлар әмелге асырылды. Басқа ғалаба хабар қуралларында партия искерлигин жарытыўда тезлик, анықлық ҳәм материаллар сапасына айрықша итибар қаратылды.


Илаж даўамында сөзге шыққан тараў ўәкиллери берилип атырған итибар ушын айрықша миннетдаршылық билдирди ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Ушырасыў соңында ӨзМТДП мақсет ҳәм ўазыйпаларын кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип киятырған бир қатар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери партия ҚР Кеңеси тәрепинен таярланған естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы

Кеңеси Баспа сөз хызмети