28.03.2024, Пийшемби

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдыӊ 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ Баслығы ҳәм оныӊ орынбасарлары, сондай-ақ, министрликлер менен мәкемелердиӊ, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

 

Еӊ дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияда елимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен коронавирус пандемиясы шараятында халқымыздыӊ денсаўлығын қорғаў ҳәмде экономика тармақлары менен байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларыныӊ турмысымызда тутқан орны, ислеп шығылған бағдарламалар тийкарында елимизге коронавирус инфекциясы кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў, пандемия тәсирин жумсартыў, экономика тармақларыныӊ жумысларын тиклеў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кеӊ түрде тоқтап өтилди.

 

Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный «Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры туўралы» мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры лаўазымында ислеп келген Х.Каримов басқа жумысқа өтиўине байланыслы оны ийелеп турған лаўазымынан босатыў мәселеси бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясы, 10-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы прокуроры лаўазымына усы күнге шекем Тақыятас районы ҳәкими лаўазымында ислеп келген Алламбергенов Фархат Ембергеновичтиң кандидатурасы усыныс етилди ҳәм оныӊ өмирбаяны менен таныстырылды.

Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры Н.Йўлдошев шығып сөйледи.

Усынылып атырған талабанды қоллап-қуўатлап «Келтеминар» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты О.Аллабергенова, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова, Кегейли районы ҳәкими М.Абдиров, «Кетенлер» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси депутаты Ш.Уснатдиновлар шығып сөйледи.

Сессияда Ф.Алламбергенов Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билимин, топлаған ис-тәжирийбесин елимизди ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

 

Сессияда «Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳақкында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор ҳәм тараў басшыларының есабатлары туўралы» мәселе көрип шығылды.

 

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Ишки ислер министри А.Темирханов, Салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов, Миллий Гвардияның аймақлық басқармасы баслығы М.Юсупов, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – Қарақалпақстан Республикасы экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри А.Тажетдинов, «Орайлық банк»тиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасыныӊ баслығы Б.Алланиязовтың есабатлары тыңланды.

 

Бул мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети қурамына өзгерис киргизиў туўралы» мәселе көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети