Усы жыл 28-май күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, министрликлер, уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары  ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Басқа жумысқа өтиўине байланыслы Атажан Каримович Ҳамраев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  Баслығының орынбасары лаўазымынан босатылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 81-статьясының 4-бәнтине және «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына муўапық Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымына депутатлар арасынан 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат А.Давлетовтиң кандидатурасы усынылды.

 

 

Бул бойынша 32-санлы «Қылышбай» сайлаў округинен депутат С.Хожамуратова, 46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен депутат, Олий Мажлис Сенаты ағзасы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, кандидатураны қоллап-қуўатлады.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы нызамның 13-статьясына муўапық 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат Давлетов Атабек Ильҳамович жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

 

 

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атабек Давлетов  шығып сөйлеп, билдирген үлкен исеними ушын депутатларға миннетдаршылық билдирди ҳәм өзиниң бар билимин, күш-жигерин елимиздиң гүллеп-раўажланыўы ушын жумсайтуғынлығын билдирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни елимизде карантин илажларын жумсартыў бағдарында бир қатар субъектлердиң жумыслары қайта тикленип, оларға қолайлы шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен коронавирус пандемиясының халықтың турмысына ҳәм елимиздиң экономикасына унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде  карантин талапларына әмел еткен ҳалда басқышпа-басқыш иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, исбилерменлерге жеңиллик ҳәм преференциялар бериў арқалы оларға қолайлы шараятлар жаратыў сыяқлы кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы еки даўамында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар, видеоселектор мәжилислеринде  белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәр бир басшыдан пидайылықты талап етпекте.  Деген менен, бүгинги күнде айырым районларда исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараят жаратыўда  бир қатар кемшиликлер орын алып атырғанлығы сынға алынды. Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери ҳәрекетсиз болып, киши бизнес субъектлери жабылған.

Соны атап өтиўимиз тийис, айрым орынларда сектор ҳәм тараў басшылары тәрепинен карантин талапларын сақлаўға жетерли итибар берилмей атыр. Өткен бир ҳәптениң өзинде Нөкис қаласында, Төрткүл, Беруний,  Елликқала, Шоманай, Әмиўдәрья, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында карантин талапларының бузыў, ҳәттеки автотранспорт қуралларын мәс ҳалатта басқарыў жағдайлары ушырасты.

 

 

Усы жылдың 25-май күни Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде пандемия шараятында карантин талапларын қатаң сақлаў, исбилерменлердиң жумысларын қоллап-қуўатлаў, бул мәселелер бойынша жергиликли Кеңеслерде ҳәкимлердиң есабатларын тыңлаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Усы мақсетте бүгинги жағдайдан келип шыққан ҳалда сессияның күн тәртибинде пандемия дәўиринде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллаў-қуўатлаў мәселеси көрип шығылды. Бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумының сессиялар аралығында қабыл етилген қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.