29.03.2024, Жума

Бухара ўәлаятының ҳәкими Қарақалпақстан халқына миннетдаршылық хатын жоллады

Алдын хабар етилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы атынан Бухара ўәлаятында жүз берген тәбийғый апатшылық, Сырдәрья ўәлаятындағы «Сардоба» суў сақлағышында жүз берген айрықша жағдайдан жәбир көрген ўатанласларымызға инсанийлық жәрдемлери жиберилген еди.

Буған жуўап ретинде

. Хаттың мазмуны төмендегише:

Ҳүрметли Муса Тажетдинович!

Сизге ҳәм Сиз арқалы пүткил Қарақалпақстан Республикасы халқына 27-апрель күни гүзетилген күшли самал ҳәм жаўын-шашын себепли Бухараның тәбийғый апаттан зыян көрген аймақларына жиберилген ең зәрүрли қурылыс материаллары ҳәм азық-аўқатлық өнимлерден ибарат гуманитарлық жәрдем ушын миннетдаршылық билдиремен.

Коронавирус пандемиясына қарсы кескин гүрес алып барылып атырған бүгингидей аўыр шараятта көрсетилген бул жәрдем тәбийғый апаттан зыян көрген пуқараларымыз дуўшар болған қыйыншылықларға пүткил халқымыз ийинлес болып атырғанлығын айқын сәўлелендирип, аўызбиршилик сезимлерин және де арттырмақта. Биз усындай қыйын жағдайда “Дос басқа ис түскенде билинеди” деген ҳикметти және де тереңирек сезинбектемиз.

Бухаралылардың шын жүректен алғыслары менен Сизди ҳәм қарақалпақстанлыларды Жаратқанның өзи ҳәрдайым панайында сақласын!

 

Шексиз ҳүрмет пенен                                       

Бухара ўәлаяты ҳәкими                                                               К.Камолов