28.03.2024, Пийшемби

Дыққат! «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы администрациясы хабарлайды

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық Министрликлер, мекемелер, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың дыққатына!

 

Бүгинги күнде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 27-июньдағы «Өзбекстан Республикасының миллий мəлимлеме-коммуникация системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-1989-санлы Қарарында белгиленген тапсырмаларды орынлаў жəне “Жергиликли телекоммуникация тармағын модернизациялаў, раўажландырыў ҳәм көрсетилип атырған хызметлер сапасын буннан бай да арттырыў” жойбары тийкарында «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Нөкис қаласы, Қоңырат, Кегейли, Беруний ҳәм Елликқала районы телекоммуникация тармақларындағы “NEAX” (някс)  автомат түрде ислейтуғын телефон станцияларын жаңа MSAN (эмсан) станцияларына өзгертиў бойынша реконструкциялаў жумыслары алып барылыўына байланыслы:    

- Нөкис қаласы «Таслақ», «Жолшылар», «Қутлы мәкан», «Алланияз қаҳарман», «Қутлы қоныс», «Ботаника бағы», «Айдын жол», «Ҳаўа жолы», «Шымбай шайхана», «Дослық гүзары», «Халықлар дослығы», «Ғәрезсизлик», «Сарбиназ», «Дослық» МПЖлар аймағындағы 224-АТС ҳәм «Жуўазшы», «Ватанпарвар» МПЖ аймағындағы 226-АТС абонентлери;

- Қоңырат районы “Қаңлы” АПЖ, “Қоңырат”, “Азатлық”, “Наўайы”, “Гүлабад”, “Темиржол”, “Бустан”, “Туран”, “Тарақлы”, “Хәким ата”, “Санаъат”, “Түркистан”, “Минжарған”, “Жиңишке” МПЖлар аймағындағы 312-АТС, “Қыпшақ” АПЖ, “Алтынкөл”, “Таллық”, “Бердақ”, “Қашы”, “Қаратал”, “Моншақлы”, “Қумбыз”, “Ханжап”     МПЖ аймағындағы 316-АТС, ҳәмде “Өрнек” АПЖ аймағындағы 313-АТС абонентлери;

- Кегейли районы “Гүжим терек”, “Қуяшлы” ҳәм “Алтын тала” мәкан пуқаралары жыйыны аймағындағы 416-АТС абонентлери;

- Беруний районы “Шаббоз”, “Хамза”, “Бунёдкор”, “Дослық”, “Амир Темур”,  “Янги обод”, “Жайхун”, “Гулистон”, “Хорезм” ҳәм “Наўрыз” мәкан пуқаралары жыйыны аймағындағы 524-АТС абонентлери  усылардың қатарына киреди.

Элликқала районы, “Наўайы” АПЖ, “Боғёп” елатлы пункти 589-АТС абонентлери дыққатына:

Автомат түрде ислейтуғын телефон станцияларын реконструкциялаў жумыслары даўамында 2020-жыл 27-февраль сәнесинен 31-март сәнеси аралығында Сиз тәрептен пайдаланылып атырған телефон, интернет, IPTV ҳәм басқада телекоммуникация хызметлери басқышпа-басқыш түрде ўақтынша үзилиске түсетуғынлығын ҳәмде телефон номерлери өзгертилетуғынлығы мәлим етиледи.

 

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы администрациясы.